Жаңа Келисим 2004
|
| 1 |
| Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам еттирип, былай деди: |
| 2 |
| – Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды. |
| 3 |
| Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. |
| 4 |
| Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. |
| 5 |
| Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. |
| 6 |
| Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти. |
| 7 |
| Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти. |
| 8 |
| Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. |
| 9 |
| Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. |
| 10 |
| Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты. |
| 11 |
| Патша қонақларды көриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге көзи түсип, |
| 12 |
| оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти. |
| 13 |
| Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди». |
| 14 |
| Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз. |
| 15 |
| Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады. |
| 16 |
| Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. |
| 17 |
| Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? |
| 18 |
| Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? |
| 19 |
| Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди. |
| 20 |
| Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. |
| 21 |
| Олар: – Рим патшасы-Қайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. |
| 22 |
| Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды. |
| 23 |
| Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды: |
| 24 |
| – Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо. |
| 25 |
| Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. |
| 26 |
| Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. |
| 27 |
| Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды. |
| 28 |
| Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо. |
| 29 |
| Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. |
| 30 |
| Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. |
| 31 |
| Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? |
| 32 |
| Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман», – деген-ғо. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. |
| 33 |
| Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды. |
| 34 |
| Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты. |
| 35 |
| Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып, |
| 36 |
| Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады. |
| 37 |
| Ийса оған: – «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй». |
| 38 |
| Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. |
| 39 |
| Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». |
| 40 |
| Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди. |
| 41 |
| Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан: |
| 42 |
| – Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар. |
| 43 |
| Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо: |
| 44 |
| «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» |
| 45 |
| Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады. |
| 46 |
| Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады. |
|
| Жазбаларды Сақлаў |
https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2004/matthew/022.mp3
28
22