Жаңа Келисим 2004
|
| 1 |
| Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. |
| 2 |
| Дем алыс күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте? |
| 3 |
| Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады. |
| 4 |
| Ийса оларға: – Қәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди. |
| 5 |
| Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады |
| 6 |
| ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди. |
| 7 |
| Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. |
| 8 |
| Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар, |
| 9 |
| аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды. |
| 10 |
| Ол және: – Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар. |
| 11 |
| Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сөзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди. |
| 12 |
| Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди |
| 13 |
| ҳәм көп жинлерди қуўып шығарып, көп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди. |
| 14 |
| Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – өлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, |
| 15 |
| базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести. |
| 16 |
| Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди. |
| 17 |
| Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады. |
| 18 |
| Өйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. |
| 19 |
| Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны өлтириўди ойлап еди, бирақ өлтире алмады. |
| 20 |
| Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сөзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди. |
| 21 |
| Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. |
| 22 |
| Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди. |
| 23 |
| Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди. |
| 24 |
| Қыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди. |
| 25 |
| Қыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди. |
| 26 |
| Патша буған қатты қыйналса да, өзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. |
| 27 |
| Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де, |
| 28 |
| табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. |
| 29 |
| Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды. |
| 30 |
| Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди. |
| 31 |
| Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. |
| 32 |
| Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти. |
| 33 |
| Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. |
| 34 |
| Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады. |
| 35 |
| Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. |
| 36 |
| Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, – деди. |
| 37 |
| Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Расында да, еки жүз динарға нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди. |
| 38 |
| Ийса оларға: – Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан, еки балық бар екен, – дести. |
| 39 |
| Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды. |
| 40 |
| Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды. |
| 41 |
| Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. |
| 42 |
| Олардың ҳәммеси жеп тойды. |
| 43 |
| Аўысқан нан бөлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. |
| 44 |
| Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди. |
| 45 |
| Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. |
| 46 |
| Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. |
| 47 |
| Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Өзи жағада еди. |
| 48 |
| Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын көрди. Таңғы төртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан өтейин деп те қалды. |
| 49 |
| Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны көргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. |
| 50 |
| Өйткени ҳәммеси Оны көрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди. |
| 51 |
| Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. |
| 52 |
| Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди. |
| 53 |
| Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды. |
| 54 |
| Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып, |
| 55 |
| пүткил дөгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды төсеклери менен әкеле баслады. |
| 56 |
| Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты. |
|
| Жазбаларды Сақлаў |
https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2004/mark/006.mp3
16
6