Себеби бизлер Қудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының өлими арқалы Қудай менен жарастық. Енди Қудай менен жарасып, Оның Улының өмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық.
Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли өлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам өлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Өйткени ҳәмме гүна ислеген еди.
Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, өлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы.
Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Қудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли көп адамлар өлген болса да, Қудайдың мийрими ҳәм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды көп адамлар мол-молақай етип алды.
Қудайдың сыйының нәтийжеси менен бир адамның гүнасының нәтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Қудайдың сыйы себепли, көп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди.
Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен өлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Қудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен өмир бийлик етеди.