Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нәрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нәрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып көрсетеди. Сонда ҳәр бир адам Қудайдан өзине ылайық мақтаў алады.
Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен өзимди ҳәм Аполосты мысал етип көрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳәм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим.
Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?
Сизлер енди керекли ҳәмме нәрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Қәне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик!
Мениң ойымша, Қудай биз елшилерди ең әҳмийетсиз адамлар қылып, ҳәммениң көз алдына шығарды. Бизлер өлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық.
Өйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, әкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жәриялаўым арқалы мен сизлердиң әкеңиз болдым.
Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
Бирақ, Ийемиз қәлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сөзлерин емес, ал оларда Қудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап көремен.