Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳәммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим.
Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, көз жасларымды төгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.
Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дәрежеде сизлердиң ҳәммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан.
Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим.
Өйткени өз пайдасы ушын Қудайдың сөзин сатып беретуғын көп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Қудай тәрепинен жиберилген ҳәм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Қудай алдында ҳақ кеўил менен жәриялаймыз.