Бирақ өзлериңизге мәлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге жәриялаў ушын, бизлер Қудайымыздан мәртлик алып туратуғын едик.
Сизлерди усылай жақсы көрип, сизлерге тек Қудайдың Хош Хабарын емес, ал өз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қәдирли едиңиз.
Бизлер Қудайға және бир нәрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Өйткени сизлер Қудайдың сөзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сөзи сыпатында емес, ал Қудайдың сөзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сөз ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳәрекет етпекте.
Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Қудайдың жәмәәтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет көрген болса, сизлер де өз миллетиңизден сондай азап-ақырет көрдиңлер.
Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сөйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳәр қашан өз гүналарының мөлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Қудайдың ғәзебине ушырайды.
Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, өзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдә сағынып, дийдар көрисиўге қатты тырыстық.