Енди болса, туўысқанлар, Қудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳәзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте және де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден өтиниш етип сораймыз.
Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳәммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте және де алға илгерилеўиңизди сизлерден өтиниш етемиз.
Себеби бизлер Ийсаның өлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан көз жумғанларды Қудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз.
Ийемиздиң сөзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳәзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан көз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз.
Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып көтерилемиз. Солай етип, ҳәмме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз.