× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Ҳикметлер ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 23 123456789101112131415161718192021222324252627282930311 1 1 : 1 12345678910111213141516171819202122232425262728293031323334351 1 1 Karakalpak 2022 Bible Ҳикметлер 23 Save Notes 1Ҳүкимдар менен дастурханлас болғаныңда, Алдыңдағыларға дыққат пенен нәзер сал,2Егер қулқыныңды тыя алмасаң, Аўзыңды буўып қой.3Оның дәмли тағамларын кеўлиң күсемесин, Ол ҳийле менен берилген болыўы мүмкин.4Бай болыў ушын өзиңди зорықтырма, Бул ойыңды шығарып таслайтуғын даналыққа ийе бол.5Байлық көз ашып-жумғанша жоқ болар, Қанат байлап, бүркит киби аспанға ушып кетер.6Иши тардың үйинен ас ишпе, Оның мазалы тағамларын да күсеме.7Ол жеген ҳәр бир нәрсеңди есаплап турар, «Иш, же», – дер саған, бирақ жүреги буны қәлемес.8Жеген аз-маз нәрсеңди қусып тасларсаң, Айтқан жақсы сөзлериң де босқа кетер.9Ақмаққа сөз айтпа, Ол сениң дана сөзлериңди менсинбейди.10Ески шегара белгисин жылжытпа, Жетимниң атызына қол салма.11Олардың Әмеңгери күшли, Ол саған қарсы шығып, олардың исин жақлар.12Жүрегиңди тәлимге, Қулағыңды билимли сөзлерге бер.13Баланы тәрбиясыз қалдырма, Оны қамшы менен жазаласаң да, өлмейди.14Оны қамшы менен жазала, Жанын өлилер мәканынан қутқарарсаң.15Балам, егер жүрегиң дана болса, Мениң жүрегим де шадланар.16Аўзың дурыс сөйлесе, Қәлбим йошланар.17Жүрегиң гүнакарларға ҳәўес қылмасын, Бәрқулла Жаратқан Ийеден қорқып жаса.18Сонда келешегиң болатуғыны гүмансыз, Үмитиң де босқа шықпас.19Тыңла балам, дана бол, Жүрегиңди туўры жолға бағытла.20Мәскүнем ҳәм гөшке тоймайтуғынлар арасында болма.21Мәскүнем ҳәм тамақсаў адам жарлыланар, Уйқышыллық адамға жыртық кийим кийгизер.22Сени дүньяға келтирген әкеңе қулақ сал, Қартайғанында анаңды менсинбей жүрме.23Ҳақыйқатты сатып ал, оны сатпа, Даналық, тәлим ҳәм ақылға ийе бол.24Әдилдиң әкеси шадланады, Дана баласы бар әке ол ушын қуўанады.25Әкең ҳәм анаң қуўансын, Сени туўған қатты шадлансын!26Балам, жүрегиңди маған бағышла, Көзлериң мен жүрген жолда болсын.27Бузық ҳаял – терең шуқыр, Өзгениң ҳаялы – тар қудық.28Ол қарақшыдай буққыда күтер, Бийопа еркектиң санын көбейтер.29Аҳ шеккен ким? Дад салған ким? Кимде жәнжел? Кимде шағым? Кимге себепсиз көк түскен? Кимниң көзлери қызарған?30Буның бәри шарап ишип көп отыратуғынларда, Аралас шарапларды татып көриўге барғанларда болар.31Шараптың қызарғанына, Кеседе таўланып турыўына, Жумсақ жутылыўына қарама!32Ақыбетинде ол жылан киби шағар, Сур жылан киби уўын шашар.33Көзлериңе ерси нәрселер көринер, Ойыңнан жаман пикирлер өтер.34Сен теңиздиң қақ ортасында қайықта, Өрлик ағашының үстинде жатырғандай боларсаң.35«Мени урды, аўырмады, Сабады, маған сезилмеди, Және ишимликти излеў ушын, Қашан оянаман?» – дерсең.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Ҳикметлер 23 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/proverbs/023.mp3 31 23