× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Ҳикметлер ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 25 123456789101112131415161718192021222324252627282930311 1 1 : 1 123456789101112131415161718192021222324252627281 1 1 Karakalpak 2022 Bible Ҳикметлер 25 Save Notes 1Мыналар да Яҳуда патшасы Хизкияның адамлары тәрепинен жазып алынған Сулайманның ҳикметлери:2Исти қупыя етиў – Қудайдың даңқы, Исти изертлеп ашыў – патшалардың даңқы.3Аспанның бийиклиги, жердиң тереңлиги киби, Патшаның ой-нийети де түсинип болмас нәрсе.4Гүмистен ғаўажақты алып тасла, Сонда өнермент оннан ыдыс соға алар.5Патшадан залымды узақластыр, Оның тахты әдиллик пенен беккем болар.6Патшаның алдында гәрдийме, Уллылардың орнына турып алма.7Ҳасылзада алдында кемситилгеннен гөре, Оның саған: «Былай, жоқары шық», – дегени жақсырақ. Көзлериң менен көрген нәрсени,8Ҳүкимге тапсырыўға асықпа. Егер қарсыласың сени жеңип шығып, уялтса, Кейин не қыласаң?9Даўды жақының менен жеке талқыла, Басқаның сырын ашпа.10Болмаса адамлар еситип, сени уялтар, Жаман атың изиңнен қалмас.11Орны менен айтылған сөз, Гүмис табаққа салынған алтын алмаға уқсар.12Тыңлар қулаққа дананың әшкаралаўы, Алтын сырғаға яки сап алтын тағыншаққа уқсар.13Исенимли елши өзин жибергенлер ушын, Орым-жыйын ўақтындағы қардың суўығы яңлы, Өз хожайынларының жанын жай таптырар.14Бермеген сыйын бердим деп мақтанатуғын адам, Қурғақ самал ҳәм жаўмас бултқа уқсайды.15Сабырлылық пенен ҳүкимдар көндирилер, Жумсақ тил сүйекти сындырар.16Пал тапсаң, жетерлисин же, Артық жесең, қусып тасларсаң.17Қоңсыңа жийи-жийи бара берме, Сеннен безип, жек көрип қалмасын.18Жақынына қарсы жалған гүўалық берген адам, Шоқмар, қылыш ҳәм ушлы оққа уқсар.19Апат күни опасыздан үмитлениў, Сынған тис ҳәм сал болған аяққа мегзер.20Қайғылыға кеўилли қосық айтыў, Суўық күни кийимин шешип алғанға, Ямаса жараға дуз сепкенге мегзер.21Егер душпаның аш болса, оған нан бер, Егер шөллесе, суў бер.22Солай ислеп, оны уялтарсаң, Есесин Жаратқан Ийеден аларсаң.23Арқа самалы жаўын алып келер, Өсекши тил адам жүзинде ғәзеп оятар.24Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан, Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.25Алыс елден келген жақсы хабар, Шөллегенге берилген салқын суўға мегзер.26Залымға бас ийген әдил адам, Ылайланған булақ ҳәм патасланған қудыққа мегзер.27Көп пал жеген жақсы емес, Даңқ ушын умтыла бериў де даңқ әпермес.28Өзин басқара алмайтуғын адам, Дийўалсыз, ўайран болған қалаға мегзер.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Ҳикметлер 25 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/proverbs/025.mp3 31 25