× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Езекиел ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 13 1234567891011121314151617181920212223242526272829303132333435363738394041424344454647481 1 1 : 1 12345678910111213141516171819202122231 1 1 Karakalpak 2022 Bible Езекиел 13 Save Notes 1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:2– Инсан улы, ҳәзир пайғамбаршылық қылып атырған Израил пайғамбарлары менен сөйлес. Өзлигинен пайғамбаршылық қылып атырғанларға айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!3Қудай Ийе былай дейди: Ҳеш нәрсе көрмей, аянларды өзлери қыялынан шығарып жүрген ақылсыз пайғамбарлардың соры қурысын!4Израил, сениң пайғамбарларың қарабақаналар арасындағы сағалларға уқсайды.5Жаратқан Ийениң күни келгенде, Израил халқы саўашта беккем турыўы ушын, олар дийўалларға шығып, олардың опырылған жерлерин дүзетпеди.6Олардың аянлары өтирик, ашқан паллары жалған. Оларды Жаратқан Ийе жибермеген болса да: „Жаратқан Ийе усылай айтады“, – деп жәриялайды ҳәм сол сөзлердиң орынланыўын күтеди.7Мен айтпаған болсам да: „Буны Жаратқан Ийе айтады“, – дегениңизде, жалған аянлар көрип, өтирик болжаўларды айтпадыңыз ба?8Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлердиң сөзлериңиз өтирик ҳәм аянларыңыз жалған. Буның ушын Мен сизлерге қарсы шығаман, – дейди Қудай Ийе.9– Жалған аянлар көрип, өтирик болжаўлар айтатуғын пайғамбарларға қарсы қолымды көтеремен. Олар Мениң халқымның кеңесинде қатнаспайды, Израил халқының дизимине тиркелмейди ҳәм Израил жерине кирмейди. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.10Себеби бул пайғамбарлар тынышлық болмайтуғын болса да, тынышлық болатуғынын айтып, Мениң халқымды азғырды. Олар ҳәлсиз дийўалды ҳәклегендей қылды.11Оларды ҳәклеп атырғанларға дийўалдың қулайтуғынын айт. Нөсер жаўын қуйып, үлкен буршақ жаўып, күшли даўыл көтериледи.12Дийўал қулағанда, адамлар жаққан ҳәгиңиздиң қаяқта екенин сорамай ма?13Енди Қудай Ийе былай демекте: Мен ғәзепленип, күшли даўыл турғызаман, қәҳәрим менен нөсер ҳәм буршақ жаўдырып, дийўалды опат қыламан.14Сизлер ҳәклеген дийўалды қулатып, жер менен жексен етемен, оның түби көринип қалады. Дийўал қулағанда, сизлер астында қалып, набыт боласыз. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.15Мен дийўалға ҳәм оны ҳәклегенлерге ғәзебимди толық шашып, сизлерге: „Дийўал да, оны ҳәклегенлер де жоқ болды,16яғный Ерусалимде тынышлық болмайтуғын ўақытта тынышлықтың келетуғынын айтып, пайғамбаршылық қылған Израилдың пайғамбарлары жоқ болды“, – деймен, – дейди Қудай Ийе».17– Ал енди, инсан улы, өзинше пайғамбаршылық етип жүрген халқыңның ҳаял-қызларына жүзиңди бур да, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.18Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәр бир адамның жанын аўлап, олардың қолларына тумар таққан ҳәм адамлардың басына түрли өлшемдеги жапқыш тиккен ҳаяллардың соры қурыйды! Халқымның жанына қаслық қылып, өз жанымды сақлап қаламан деп ойлайсыз ба?19Бир неше уўыс арпа ҳәм бир неше тислем нан ушын, халқымның алдында Мени хорладыңыз. Жалғанға ҳәўес болған халқыма өтирик сөйлеп, өлиўге тийисли болмаған адамды өлтирдиңиз, өлиўи керек адамның жанын аман сақлап қалдыңыз.20Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен сизлердиң адам жанын қус киби аўлап атырған тумарларыңызға қарсыман. Оларды қолларыңыздан жулып аламан, қус киби аўлаған жанларыңызды азат қыламан.21Жапқышларыңызды да жыртып, халқымды қолыңыздан қутқараман. Олар енди сизлерге олжа болмайды. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.22Мен ҳақ адамға зыян келтирмекши болмасам да, сизлер өтирик пенен оны үмитсизлендирдиңиз. Сизлер наҳақ адамды қоллап қуўатладыңыз. Сонлықтан олар жаман жолынан қайтпады ҳәм жанын сақлап қала алмады.23Сол себепли енди сизлер жалған аянлар көрмейсиз ҳәм пал ашпайсыз. Мен халқымды сизлердиң қолыңыздан қутқараман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Езекиел 13 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/ezekiel/013.mp3 48 13