× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Обадия ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 11 1 1 : 1 1234567891011121314151617181920211 1 1 Обадия 1 Save Notes 1Бул Обадияның көрген аяны. Қудай Ийе Эдом ҳаққында бул сөзлерди айтты. Жаратқан Ийеден бир хабар еситтик. Миллетлерге жолланған жаршы: «Келиңлер, Эдомға урыс ашайық!» – деди.2«Ҳәй, Эдом, сени миллетлер арасында арзымас қыламан, Сен оғада жек көринишли боласаң.3Жартастың жарықларында жасап, Төбелердиң бийик шоққыларына жайластың, Жүрегиңдеги тәкаббирлик сени алдады. Өзиңше: „Ким мени жерге түсире алады?“ – дедиң.4Бүркиттей жоқарыласаң да, Уяң жулдызлар арасында болса да, Ол жерден төменге түсиремен сени, – деди Жаратқан Ийе. –5Уры ҳәм қарақшылар түнде келсе, Тек ғана өзлерине керегин алмай ма? Жүзим теретуғынлар бағыңа кирсе, Азғантай болса да, жүзим қалдырмай ма? Бирақ сен толық набыт боласаң.6Эсаўдың әўлады – Эдом, Сениң ҳәмме нәрсең талан-тараж қылынатуғыны соншелли, Ҳәттеки, жасырын ғәзийнелериң де табылып, тартып алынады.7Барлық аўқамласларың саған қарсы шығып, Сени өз жериңнен қуўып шығарады. Келисим дүзгенлериң сени алдап, жеңилиске ушыратады, Наныңды жегенлер саған дузақ қурады, Ал сен буны билмей қаласаң.8Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – Эдомның дана адамларын, Эсаўдың таўлы жериндеги ақыллы адамларды жоқ қыламан.9Ҳәй, Теман, сениң жаўынгерлериң қорқынышқа түседи, Эсаўдың таўлы жериндеги ҳәр бир адам жоқ қылынады.10Туўысқаныңа, яғный Яқыпқа, Ислеген жаўызлықларың ушын шерменде болып, Мәңгиге жоқ боласаң.11Оның мал-мүлкин жат жерлилер алып кеткен күни, Сен узақтан қарап турдың. Жат халықлар Ерусалим дәрўазаларына кирип, Ол ушын шек таслағанда, Сен де олар сыяқлы ис туттың.12Туўысқаныңның басына түскен бахытсызлығы ушын, Қол қаўсырып, қарап турмаўың керек еди. Яҳуда халқы қырғынға ушырағанда, қуўанбаўың керек еди, Апат күнлеринде, мақтанбаўың керек еди.13Халқым апатқа ушыраған күни, қала дәрўазаларына кирмеўиң керек еди. Сол күни халқым ушыраған бахытсызлыққа қуўанбаўың керек еди. Олар азапқа дуўшар болғанда, мал-мүлкин олжа қылмаўың керек еди.14Қашып баратырғанларды өлтириў ушын, Жол кесилиспелерин тоспаўың керек еди. Сол апат күнинде аман қалғанларды, Душпан қолына тапсырмаўың керек еди».15«Мениң, Жаратқан Ийениң барлық халықларды ҳүким қылатуғын күним жақынласты, Ҳәй, Эдом, сен не ислеген болсаң, саған да сол исленеди, Ислеген қылмысларың өз басыңа түседи.16Сизлер мухаддес таўымда ғәзеп шарабын ишип алғаныңыз сыяқлы, Барлық халықлар да сол шараптан симиреди. Ишип-ишип бул дүньядан жоқ болып кетеди».17«Сион таўы аман қалғанларға пана болады, Ол жер мухаддес болады. Яқыптың урпақлары тартып алынған мүлкине қайтадан ийелик қылады,18Яқыптың урпақлары от, Юсуптиң халқы жалын, Эсаўдың халқы сабан болып қалады. Оларды өртеп, жоқ қылады, Эсаўдың әўладынан аман қалғаны болмайды». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.19Негебте жасайтуғын Яҳуда халқы Эсаўдың таўлы жерин ийелейди. Ал батыстағы таў етеклеринде жасайтуғынлар Филист, Эфрайым ҳәм Самария жерлерин ийелейди. Беняминлилер Гиладты ийелеп алады.20Сүргин етилген израиллы жаўынгерлер Сарафатқа дейин созылған Қанан жерлерин ийелейди. Ерусалимнен сүргин қылынып Сефарадта жасап атырғанлар Негебтеги қалаларды ийелеп алады.21Жеңимпазлар Эсаўдың таўлы жерине ҳүкимдарлық қылыў ушын, Сион таўына шығады. Бул патшалық Жаратқан Ийеге тийисли болады.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Обадия 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/obadiah/001.mp3 1 1