× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Галатиялылар ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 1234561 1 1 : 1 123456789101112131415161718192021221 1 1 Karakalpak 2022 Bible Галатиялылар 1 Save Notes 1Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масийх ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем!2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!3Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масийх бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти.4Қудайымызға мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.5Сизлерди Масийхтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман.6Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масийхтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.7Бирақ егер де бизлер өзлеримиз келип, ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!8Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!9Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масийхтың хызметшиси бола алмас едим.10Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен.11Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масийхтың Өзи аян арқалы билдирди.12Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим.13Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим.14Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым.15Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскке қайтып келдим.16Үш жылдан кейин Кифа менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.17Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиздиң иниси Яқыпты ғана көрдим.18Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман.19Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим.20Ал Яҳудиядағы Масийхқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди.21Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип,22мен ушын Қудайды алғыслаған еди.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Галатиялылар 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/galatians/001.mp3 6 1