× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 1 Тимофей ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 1234561 1 1 : 1 12345678910111213141516171819201 1 1 Karakalpak 2022 Bible 1 Тимофей 1 Save Notes 1Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масийх Ийсаның буйрығы менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,2исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!3Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Эфесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлиматларды үйретпеўди,4аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады.5Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў.6Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты.7Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.8Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин билемиз.9Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер,10бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлиматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз.11Дурыс тәлимат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды.12Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масийх Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады.13Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим.14Бирақ Жаратқан Ийениң мийрими Масийх Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди.15«Масийх Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман.16Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масийх Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти.17Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз Қудайға мәңги-бақый ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин.18Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет.19Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды.20Олардың арасында Ҳименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible 1 Тимофей 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/1timothy/001.mp3 6 1