× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 2 Тимофей ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 12341 1 1 : 1 1234567891011121314151617181 1 1 Karakalpak 2022 Bible 2 Тимофей 1 Save Notes 1Масийх Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,2сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!3Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.4Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман.5Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын кемпир апаң Лоидада ҳәм анаң Эвникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен.6Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман.7Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.8Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр.9Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масийх Ийса арқалы берген еди.10Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масийх Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масийх Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды.11Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым.12Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм маған тапсырылғанды Оның Өзиниң сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен.13Меннен өзиң еситкен дурыс тәлиматты өрнек қылып, Масийх Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса.14Саған тапсырылған ийгиликли тәлиматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жәрдеминде сақла.15Азия үлкесиндегилердиң ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ҳермогенниң мени таслап кеткенин билесең.16Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳимин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады.17Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи.18Сол күни Ийемиз оған Өз реҳимин берсин! Оның Эфесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible 2 Тимофей 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/2timothy/001.mp3 4 1