× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Филимон ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 11 1 1 : 1 1234567891011121314151617181920212223241 1 1 Филимон 1 Save Notes 1Ийса Масийх ушын тутқын болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сәлем!2Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз.3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!4Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен.5Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳәм пүткил мухаддеслерге деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман.6Исенимиңди басқалар менен бөлисиўде тәсирли болыўың ушын, қулласы, Масийх арқалы бизлер ийе болатуғын ҳәр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман.7Өйткени туўысқаным, сен себепли мухаддеслердиң кеўиллери көтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳәм тәселле берди.8Сонлықтан Масийхтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да,9ҳәзир Ийса Масийх ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман.10Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды.11Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман.12Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим.13Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди.14Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар.15Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады.16Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет.17Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой.18Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын.19Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масийх алдында кеўлимди көтер.20Қулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен.21Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Өйткени Қудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен.22Ийса Масийх ушын мениң менен бирге тутқын болған Эпафрас саған сәлем айтып атыр.23Және де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳәм Лука да саған сәлем жоллап атыр.24Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими сизлерге яр болсын!Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Филимон 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/philemon/001.mp3 1 1