× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Еврейлер ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 12 123456789101112131 1 1 : 1 12345678910111213141516171819202122232425262728291 1 1 Karakalpak 2022 Bible Еврейлер 12 Save Notes 1Минекей, бизлерди қоршаған усындай көп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳәр бир жүкти ҳәм өзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Қудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық.2Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳәм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң жағына отырды.3Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер.4Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз төгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо.5Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нәсиятын умыттыңыз: «Балам! Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама, Ол әшкаралағанда жүрегиңе аўыр алма.6Себеби Ол сүйген адамын тәрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳәр бир адамын жазалайды».7Тәрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Қудай сизлерге Өз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Әкеси тәрепинен тәрбияланбайтуғын ул бола ма?8Ҳәр бир адам алатуғын тәрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз.9Сондай-ақ, өзлеримизди тәрбиялаған дүньядағы әкелеримизди бизлер ҳүрмет етип атырған екенбиз, онда руўхый Әкемиз болған Қудайға еле де көбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе?10Әкелеримиз бизлерди өзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тәрбиялады. Бирақ Қудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тәрбиялайды.11Тәрбиялаў ушын берилген ҳәр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тәрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.12Солай етип, түскен еңсеңизди көтерип, аяқларыңызда тик турыңлар.13Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер.14Ҳәмме менен татыў болып жасаўға ҳәм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Жаратқан Ийени көрмейди.15Араңыздағы ҳеш бириңиздиң Қудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳәм араңызда сизлерге зыян тийгизип, көплерди зәҳәрлейтуғын ашшы тамыр көгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар.16Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Эсаў сыяқлы қудайсыз болмасын.17Хабарыңыз бар, Эсаў соңынан әкесиниң пәтиясын алыўды қәлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол көз жасларын төгип жалбарынса да, өзи ислеп қойған исти өзгерте алмады.18Сизлер жақынлаған таў – көзге көринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шөккен, даўыл басқан,19кәрнай сести ҳәм Қудайдың сөзи жаңлаған Синай таўы емес. Қудайдың сол даўысын еситкенлер, Қудайдың өзлерине қайта сөйлемеўин сорап жалбарынған еди.20Өйткени олар: «Егер таўға, ҳәтте, малдың туяғы тийсе де, тас боран қылып өлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады.21Бул көринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдә қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди.22Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Қудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына23ҳәм атлары аспанда жазылған, Қудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер және де ҳәмме адамды ҳүким етиўши Қудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына,24жаңа келисимниң тәўеллешиси Ийсаға ҳәм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар.25Абайлы болыңлар, сөйлеп турған Қудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде сөйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан өзлеримизге сөйлеп турған Қудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз?26Қудай Синай таўында сөйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Және бир мәртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўәде берген еди.27«Және бир мәртебе» деген сөзлер қозғалмайтуғын нәрселердиң мәңгиге қалыўы ушын, қозғалатуғын нәрселердиң, яғный жаратылған нәрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады.28Солай етип, бизлер қозғалмайтуғын патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Қудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳәм қорқыныш пенен сыйынайық.29Себеби бизиң Қудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Еврейлер 12 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/hebrews/012.mp3 13 12