× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian Kabardian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong Tibetian South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Sundanese Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray Madurese South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Bagri Bhilali Bodo Braj Tulu Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Mazanderani Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Edo Kituba Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Ешуа ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 1234567891011121314151617181920212223241 1 1 : 1 1234567891011121314151617181 1 1 Karakalpak 2022 Bible Ешуа 1 Save Notes 1Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаның өлиминен соң, оның жәрдемшиси Нун улы Ешуаға былай деди:2– Мениң қулым Муўса өлди. Қәнекей, енди сен пүткил халық пенен бирге Иордан дәрьясын кесип өтип, Мен сизлерге, яғный Израил халқына беретуғын елге кириңлер.3Муўсаға айтқанымдай, аяғыңыз тийген барлық жерлерди сизлерге беремен.4Сизлердиң жер шегараңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанонға дейин, шығыстағы уллы Евфрат дәрьясынан пүткил хетлердиң ели арқалы батыстағы Жер Орта теңизине дейин созылған болады.5Өмириң бойы ҳеш ким саған қарсы тура алмайды. Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, Мен сениң менен де бирге боламан. Сени ҳеш қашан қалдырмайман ҳәм таслап кетпеймен.6Күшли ҳәм мәрт бол. Себеби Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди бул халық ийелеўи ушын, сол жерди оларға сен алып бересең.7Тек күшли ҳәм жүдә мәрт болып, қулым Муўсаның саған буйырған пүткил Нызамын муқыятлы түрде орынла. Қай жерге барсаң да, табысқа ийе болыўың ушын, бул Нызамнан узақлама ҳәм оннан я оңға, я солға аўып кетпе.8Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.9Саған күшли ҳәм мәрт бол демеген бе едим? Қорқпа ҳәм руўхыңды түсирме. Өйткени Қудайың Жаратқан Ийе сен баратуғын ҳәр бир жерде сениң менен бирге болады.10Солай етип, Ешуа халық қадағалаўшыларына былай деп буйырды:11– Орданы аралап шығып, халыққа мына буйрықты бериңлер: «Өзлериңизге азық-аўқат таярлаңлар. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге беретуғын жерине кирип, оны меншик етип ийелеўиңиз ушын, үш күннен соң, Иордан дәрьясын кесип өтесизлер».12Ал Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына былай деди:13– Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул жерди сизлерге берип, сизлерди тынышлыққа еристиреди», – деген сөзлерин еске түсириңлер.14Сизлердиң ҳаялларыңыз, балаларыңыз ҳәм малларыңыз усы жерде, яғный Иордан дәрьясының шығысында, Муўсаның сизлерге берген жеринде қалсын. Бирақ сизлер, яғный пүткил жаўынгерлер қуралланып, туўысқанларыңыздан алдын дәрьяны кесип өтиңлер ҳәм оларға жәрдем бериңлер.15Жаратқан Ийе сизлерди тынышлыққа еристиргени сыяқлы, оларды да тынышлыққа еристиреди. Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң беретуғын жерин мүлик етип алғаннан соң, сизлер де мүлик етип алған жериңизге, Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының шығысындағы сизлерге берген жерине қайтып, усы жерге орналасыңлар.16Олар Ешуаға былай деп жуўап берди: – Бизлерге буйырғанларыңның ҳәммесин орынлаймыз. Қай жерге жиберсең де, барамыз.17Ҳәр бир нәрседе Муўсаның сөзине бойсынғанымыз сыяқлы, сениң сөзиңе де бойсынамыз. Муўса менен бирге болған Қудайың Жаратқан Ийе сениң менен де бирге болсын.18Сөзиңе қарсы шыққан ҳәм қандай да бир буйрығыңа бойсынбаған адамға өлим жазасы бериледи. Тек сен күшли ҳәм мәрт бол.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Ешуа 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/joshua/001.mp3 24 1