× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian Kabardian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong Tibetian South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Sundanese Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Bagri Bhilali Bodo Braj Tulu Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Mazanderani Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Edo Kituba Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 2 Петр ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 1231 1 1 : 1 1234567891011121314151617181920211 1 1 Karakalpak 2022 Bible 2 Петр 1 Save Notes 1Ийса Масийхтың қулы ҳәм елшиси Шимон Петрден, Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сәлем!2Қудайды ҳәм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!3Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масийх Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды.4Қудай Өз уллылығы ҳәм ийгилиги арқалы бизлерге жүдә үлкен ҳәм қымбатлы ўәделер берди. Солай етип, бул ўәделер себепли сизлер дүньядағы жаман қәлеўлерден қутылып, қудайлық тәбиятқа шерик боласызлар.5Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди,6билимге нәпсини тыйыўды, нәпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды,7Қудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар.8Егер бул жақсы қәсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масийхты билиўде табыссыз ҳәм жемиссиз болмайсыз.9Бул жақсы қәсийетлерге ийе болмаған адам узақты көре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.10Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз.11Солай етип, Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхтың мәңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.12Сол себептен сизлер буларды билип, өзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳәмме ўақыт еслетип турыўға таярман.13Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нәрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым.14Өйткени Ийемиз Ийса Масийхтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен.15Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳәмме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тәним менен тырысаман.16Бизлер Ийемиз Ийса Масийхтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик.17Себеби қүдиретли ҳәм уллы Қудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Қудай Әкеден даңқ ҳәм салтанат алды.18Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.19Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар.20Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды.21Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible 2 Петр 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/2peter/001.mp3 3 1