× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Яҳуда ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 11 1 1 : 1 12345678910111213141516171819202122231 1 1 Яҳуда 1 Save Notes 1Мен, Ийса Масийхтың қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масийхтың Өзи сизлерди сақлап келмекте.2Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин!3Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди мухаддеслерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым.4Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масийхты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған.5Булардың ҳәммесинен әлле қашан хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Ийемиз Өз халқын Мысырдан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти.6Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты.7Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды.8Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди.9Ҳәтте, бас периште Михаил да Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Жаратқан Ийениң Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди.10Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады.11Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Билам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Қорах сыяқлы қозғалаң көтерип, набыт болады.12Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жаўынсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды.13Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур.14Адам-атаның жетинши әўлады болған Энох усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди: «Мине, Жаратқан Ийе ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын, Қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин, Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын, Өзиниң мың-мыңлаған периштелери менен келеди».15Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.16Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масийхтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер.17Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады», – деген еди.18Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар.19Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер.20Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масийхтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер.21Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар.22Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға реҳимлилик көрсетиңлер. Деген менен, абайлы болыңлар. Ҳәтте, олардың денелериниң гүнакарлығы себепли былғанған кийимлеринен де жеркениңлер.23Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масийх арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын! Аўмийин.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Яҳуда 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/jude/001.mp3 1 1