× Language Europe Russian Belarusian Ukrainian Polish Serbian Bulgarian Slovakian Czech Romanian Moldovian Azerbaijan Armenian Georgian Albanian Avar Bashkir Tatar Chechen Slovenian Croatian Estonian Latvian Lithuanian Hungarian Finnish Norwegian Swedish Icelandic Greek Macedonian German Bavarian Dutch Danish Welsh Gaelic Irish French Basque Catalan Italian Galacian Romani Bosnian North America English South America Spanish Portuguese Guarani Quechuan Aymara Central America Jamaican Nahuatl Kiche Qeqchi Haitian East Asia Chinese Japanese Korean Mongolian Uyghur Hmong South East Asia Malaysian Burmese Chin Nepali Cebuano Tagalog Cambodian Thai Indonesian Vietnamese Javanese Lao Iban IuMien Kachin Lahu Aceh Balinese Bugis Pampanga Sasak Shan Waray South Asia Hindi Оdia Awadhi Mizo Kannada Malayalam Marathi Gujarati Tamil Telugu Punjabi Kurukh Assamese Maithili Bengali Urdu Sinhala Dogri Haryanvi Meitei Konkani Santali Sindhi Koya Thado Sanskrit Devanagari Adilabad Gondi Ahirani Balochi Bundeli Chhattisgarhi Garhwali Kangri Kumaoni Mewari Munda Sadri Seraiki Shekhawati Sylheti Central Asia Kyrgyz Uzbek Tajik Turkmen Kazakhstan Karakalpak Middle East Turkish Hebrew Arabic Persian Kurdish Pashto Coptic Africa Afrikaans Xhosa Zulu Ndebele Sotho Amharic Wolaytta Nigerian Mossi Ika Dinka Kabyle Ewe Swahili Morocco Somalian Shona Madagascar Igbo Lingala Baoule Siswati Tsonga Tswana Gambian Yoruba Kamba Kinyarwanda Hausa Chewa Luo Makhuwa Dyula Fulfulde Kalenjin Kikuyu Kikwango Kirundi Krio Nigerian Pidgin Oromo Tshiluba Tshivenda Twi Umbundu Lugbara Luguru Pular Gussi Maasai Turkana Moba Nuer Shilluk Tamasheq Makonde Bemba Fon Hadiyya Ibibio Kimbundu Kimiiru Lango Liberian Kreyol Lomwe Mende Morisyen Ndau Nyankole Sena Sidamo Soga Songe Sukuma Tarifit Teso Tiv Zande Dagbani Australia Continent New Zealand Papua New Guinea Old Languages Aramaic Latin Esperanto 1 1 1 2022 Жаңа Келисим 20042022K 20221 1 1 Аян ЖаратылысШығыўЛебийлилерСанларНызамның қайталаныўыЕшуаБийлерРут1 Патшалар2 Патшалар3 Патшалар4 Патшалар1 Жылнама2 ЖылнамаЭзраНехемияЭстерАюпЗабурҲикметлерЎазшыҚосықлар қосығыИйшаяЕремияЖоқлаўЕзекиелДаниелҲошеаИоелАмосОбадияЮнусМихаНахумХабаққуқСефанияХаггайЗехарияМалахия--- --- ---МаттаМаркЛукаЮханЕлшилерРимлилер1 Коринфлилер2 КоринфлилерГалатиялыларЭфеслилерФилиплилерКолосалылар1 Салоникалылар2 Салоникалылар1 Тимофей2 ТимофейТитусФилимонЕврейлерЯқып1 Петр2 Петр1 Юхан2 Юхан3 ЮханЯҳудаАян1 1 1 1 123456789101112131415161718192021221 1 1 : 1 123456789101112131415161718191 1 1 Karakalpak 2022 Bible Аян 1 Save Notes 1Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Өз хызметшилерине билдириў ушын Қудайдың Ийса Масийхқа берген аяны. Ал Ол Өз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди.2Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масийхтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти.3Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.4Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған ҳәм келешекте келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масийхтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин! Ол бизлерди сүйип, Өз қаны менен гүналарымыздан азат етти5ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылды. Мәңги-бақый уллылық ҳәм қүдирет Ийса Масийхтики болсын! Аўмийин.6«Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳәр бир көз Оны көреди, Оның денесин тескенлер де көреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли өкирип жылайды». Аўа, усылай болады, аўмийин.7Ҳәзир бар, бурыннан бар болған ҳәм келешекте келетуғын Қудай, Қүдирети күшли Қудай Ийе былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман ».8Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлылығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзи ушын ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным себепли Патмос атаўына сүргин етилген едим.9Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим.10Бул даўыс: «Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Эфес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди.11Маған сөйлеп атырғанды көриў ушын, арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим.12Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына уқсаған Биреў тур еди.13Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди.14Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди.15Оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.16Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Қорқпа! Мен – Биринши ҳәм Соңғыман.17Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңги-бақый тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Менде.18Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз.19Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң периштелери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.Мухаддес Китап 2022 © Институт перевода Библии, 2022 Karakalpak 2022 Bible Аян 1 00:00:00 00:00:00 0.5x 2.0x https://beblia.bible:81/BibleAudio/karakalpak2022/revelation/001.mp3 22 1